«Жол азабы-гөр азабы», «айланшық болса да жол жақсы»,-деп халқымыз бийкарға айтпаған. Себеби, баратуғын мәнзиллеримизге апаратуғын жолларымыз тегис ҳәм қәўетерсиз болса, жолаўшы ҳәм жүк тасыўшы транспортлардың машақаты аз болады. Әсиресе, мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық турмысында халықаралық әҳмийеттеги жоллардың, соның ишинде А-380 жолының тутқан орны айрықша. Себеби, бул жол елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын стратегиялық автомагистрал болып есапланады. Бирақ, узақ жыллық қатнаўлар, Аралбойының кескин континентал климаты себепли, бул халықаралық жол жарамсыз аўҳалға келип қалған еди. Сол себепли, ол мәмлекетимиз Президентиниң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде 2021-2024-жылларда 323 миллион долларлық жойбар есабынан заманагөй етип қайта қурылды ҳәм өткен жылдың 25-октябрь күни «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлеги халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Енди мәмлекетимиз аймақларынан халықаралық тасыўлар аралығы 1 мың километрге шекем, транспорт қәрежетлери болса 25 процентке шекем азаяды. Бул жол елимизди Каспий ҳәм Қара теңиз портлары арқалы Европа базарлары менен исенимли байланыстыратуғын логистика тармағына айланады.

Буннан басқа өткен жыллар даўамында усы жолдың бир қатар аралықларына реконструкция жумыслары жүргизилди. Атап айтқанда, А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис- Бейнеў» автомобиль жолының Әмиўдәрья районы аймағынан өтиўши 723-738 км аралығына  жаңадан реконструкциялаў жумыслары алып барылып, 14-январь күни халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жолдың пайдаланыўға тапсырылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, илаж қатнасыўшыларын жаңа заманагөй жолдың ашылыўы менен қызғын қутлықлады ҳәм магистраль жолдың халқымыз ийгилиги ушын хызмет ете бериўине тилеклеслик билдирди.

Өткерилген илаж даўамында жол хожалығы тараўы хызметкерлерине  жаңа жүк автотранспортлары ҳәм арнаўлы техникалар тапсырылды.

Ҳақыйқатында да, бул халықаралық жолдың пайдаланыўға тапсырылыўы бәринен бурын халқымыз, қалаберди, сырт ел туристлери ҳәм жүк тасыўшыларына қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў имканиятын береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги