Елимизде Ўатанды қорғаўдай уллы иске өзин бағышлаған әскерий хызметкерлер үлкен ҳүрмет-иззетке бөленип, ҳәр жылы 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни көтериңки кейпиятта байрамланады.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қоңырат районында өткерилген илажлар районның орайлық көшелери бойлап әскерий парад пенен басланды.
Ерте таңнан райондағы Қарақалпақстан көшеси бойлап әскерий хызметкерлер ҳәм техникалар, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери бир сапта ҳәрекетленип, район халқына жоқары байрам кейпиятын бағышлады.
Соң райондағы пайызлы орынлардың биринде байрамға бағышланған байрам илажы болып өтти.
Байрам дастурханы жайылып, оған елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мирәт етилди.
Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов шығып сөйлеп, бул байрам ҳақыйқый мәнисте халқымызға тән болған Ўатанға садықлық, мәртликтиң тымсалына айналып атырғанлығын атап өтти.
Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде елимиздиң ғәрезсизлигин, шегараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлей алатуғын миллий армиямыз қәлиплести. Армия қатарында ҳәр тәреплеме шыныққан, қурал-жарақ, техникаларды пухта меңгерген әскерлер хызмет етпекте.
Байрам илажында район хәкимлиги тәрепинен тараў пидайыларына ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар берилди.
Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосықлар байрамға өзгеше пайыз бағышлады.
Шынында да, Қураллы Күшлеримиз қатарында хызмет етип атырған азаматларымыз бар екен, елимиз тыныш, халқымыз бахытлы. Себеби, олар шегарада сергек, жолларда қырағы.
Қоңырат районындағы жаңадан қурып питкерилген жасыл қапламалы спорт майданшасында да байрам илажы болып өтти. Онда сөзге шыққанлар Ўатан қорғаўшыларын Өзбекстан Қураллы Күшлериниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлады ҳәм халқымыздың тыныш турмысын тәмийинлеўде алып барып атырған хызметлеринде табыслар тиледи.
Буннан соң илаж қатнасыўшыларының нәзерине әскерий хызметкерлер тәрепинен сахналастырылған музыкалы композициялар усынылды.
Қоңырат районындағы Мәденият сарайында өткерилген илажда елимиздиң тынышлығын қорғаўдай әдиўли ўазыйпаны пидайылық пенен атқарып атырған әскерий хызметкерлер, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде бул байрам тек ғана әскерий хызметкерлердиң емес, ал гүллән халқымыз ушын тынышлық, парахатшылық байрамы сыпатында кеңнен байрамланатуғынлығын атап өтти.
Илаж Ана ўатанды жырлаўшы қосықлар орын алған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги