Аңшыллық пенен шуғылланыўды қәлеген физикалық тәреплердиң my.gov.uz порталы арқалы аңшылық руқсатнамасын алыўы және де аңсатласты.
Хызмет төмендеги қолайлықларға ийе:
-Онлайн арза бериў
-Ҳеш қандай ҳүжжетлер талап етилмеўи
– Автомат тексериўлер
– 5 жумыс күни ишинде QR-код пенен рәсмийлестирилген руқсатнама
– 10 % шегирме есабынан төлем – 675 000 сум
– Руқсатнама 2 жыл мүддетке әмел етеди.
Еслетпе: Бул хызметтен аң аўлаў ҳуқықынан азат етилмеген ҳәм арнаўлы оқыў курс сертификатына ийе болған физикалық тәреплер пайдаланыўы мүмкин.
Бул сетификат «HunterUzb» мобиль қосымшасы арқалы аңшылық бағдарындағы арнаўлы оқыў курсларын табыслы тамамлағанларға бериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги