АҚШ Лос-Анджелес округи ҳәм усы әтирапта даўам етип атырған өрттиң ақыбетинде мәмлекетке жеткерген жәми экономикалық шығын 250-275 миллиард долларға баҳаланбақта. Бул сан пүткил дүнья бойлап ҳаўа-райын болжаў бойынша хызметлер усынатуғын «Accu Weather» тәрепинен жаңаланған мағлыўматта келтирилген.

Өткен ҳәптеде жәрияланған есабатта болса тек ғана 52-57 миллиард доллар ҳаққында сөз етилген еди. Жалын тарқалыўы менен бул көрсеткиш мисли көрилмеген дәрежеде тез көтерилип кетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги