Африка батысындағы мәмлекетлерден бири – Ганада тарқалған оба ақыбетинде қайтыс болғанлардың саны қырыққа жетти. Мәмлекеттиң Денсаўлықты сақлаў хызметиниң жазба билдириўинде эпидемия 2024-жылдың октябринен берли 5 ўәлаятта анықланып, жәми 4850 адам дизимге алынғаны келтирилген.

Ҳүкимет апатшылыққа қарсы шаншыў кампаниясын даўам еттирмекте. Пайтахт Аккрада 41 адам емленип атыр.

Азық-аўқат ҳәм суў арқалы жуғатуғын Вибрио бактериясынан пайда болатуғын обаның бул түри диарея ҳәм кейин ала суўсызланыўды келтирип шығарады. Ўақтында емленбесе, өлимге алып келиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги