Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўине бола, 14-январь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң орынбасары Бобур Усмонов Грузияның мәмлекетимиздеги Ўақытша ислер ўәкили Давид Котарияны қабыллады.

Қабыллаўда 2024-жылы әмелге асырылған биргеликтеги жумысларды жуўмақларың есап-санақ етилип, быйылғы жылға мөлшерленген режелер додаланды. Өзбекстан-Грузия қатнасықларын избе-из беккемлеў ҳәм оларды әмелий мазмун менен толтырыўға умтылыс тастыйықланды.

Тәреплер еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша конструктивлик байланысты даўам етиўге келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги