Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Сума Чакрабарти менен әҳмийетли ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстанда мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўының жедел раўажланыўы, усы бағдарда кадрлар потенциалының кеңейиўи ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Министр Ш.Шерматов ушырасыў алдынан МКТ тараўының экономикалық өсиўде тутқан орны ҳаққында айтып, бул сектор мәмлекетимизде мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыўде жетекши болып атырғанын атап өтти. Соның ишинде, IT тараўындағы маман қәнигелер ҳәм өзин-өзи жумыс пенен тәмийинлеўши фрилансерлердиң саны барған сайын артып баратырғаны мәмлекеттиң технологиялық потенциалын беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Сума Чакрабарти өз гезегинде, Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен алға қойылып атырған басламаларды жоқары баҳалады.
Сондай-ақ, министр Өзбекстан теңизге шығыў имканияты шекленген мәмлекет екенин айтып өтти. Соның ушын да бүгинги күнде ең әҳмийетли мәселелерден бири жасларға жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтти. Оннан тысқары IT тараўын раўажландырыў ҳәм тараўда имканиятларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратыў керек екенин айтты.
Усы мүнәсибет пенен, министр инвесторлар ушын мәмлекетимиздеги имканиятларды терең таллаў ҳәм жаңа жойбарларды раўажландырыўда халықаралық тәжирийбеги ийе компанияларды тартыў зәрүрлигин билдирди. Министрлик усы процесслерге алдынғы тәжирийбелер ҳәм инновациялық көзқарасларға ашық екенин мәлим етти.
Ушырасыўда тәреплер халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, МКТ тараўында жоқары маман кадрларды таярлаў, инвестицияларды тартыў ҳәм еркин экономикалық зоналарды раўажландырыў сыяқлы мәселелерде тығыз бирге ислесиўге келисип алды. Соның менен бирге инновациялық экономикалық жойбарларды әмелге асырыўда Өзбекстанның регионаллық бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған усыныслар да додаланды.
Нигора Раҳмонова, ӨзА