Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты менен биргеликте «Ўатанды қорғаў муқаддес ўазыйпа» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Илажды институт директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, партия белсендиси Д.Қурбаниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Байрам кешесинде нураний әскерий хызметкерлер О.Аяпов ҳәм Д.Турымбетовлар өзлериниң жаслық дәўирлериниң Аўған урысына туўра келгенлигин, көрген қыйыншылықлары ҳаққында айтып берип, елимиздеги тынышлықтың қәдирине жетиўге, оны қәстерлеп сақлап татыўлықта жасаўға шақырды.
Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Төрешова мәмлекетимизде миллий армиямыз системасында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып өтип, жасларды билим алып, ел-журтымыздың келешеги ушын хызмет етиўге шақырды.
Илаж соңында нураний әскерлерге партия тәрепинен таярланған естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги