Өзбекстан Республикасы Президентиниң айрықша итибары менен елимиздеги барлық тараўлар сыяқлы, әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, оның заманагөй инфраструктурасын қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгин Нөкис қаласындағы әскерий қалашада бир топар әскерий хызметкерлер ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.


Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм байрам қарсаңында жаңа турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, бир қатар әскерий хызметкерлерге жаңа турақ жайлардың гилтлерин тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги