– Нөкис қалалық 3-санлы шаңарақлық поликлиникада жумыс ислейтуғын 33 хызметкердиң рейтинг баҳалаў системасы арқалы төленетуғын айлық процентли үстемелер төленбей атырғанлығын билдирген мүрәжаты келип түсти,-дейди Нөкис қалалық әдиллик бөлиминиң баслығы Оралбай Джуманиязов.
Мүрәжатта көрсетилген мәселеге анықлық киргизиў мақсетинде үйренилгенде, ҳақыйқатында да хызметкерлердиң 78 миллион 420 мың 654 сум муғдарындағы үстеме пулы төленбей атырғанлығы мәлим болды.
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 252-статьясында хошаметлеўши өзгешеликке ийе төлемлер қатарына үстемелер де кириўи белгиленген. Үстеме хызметкер тәрепинен мийнет шәртнамасында шәрт етип көрсетилген жумыс орынланғанлығы ушын әмелге асырылатуғын ҳәм хошаметлеўши (кәсиплик шеберлик, узақ мүддет хызмет еткени, белгили бир шөлкемдеги ямаса тармақтағы жумыс стажы ушын үстемелер ҳәм басқалар) ямаса компенсация өзгешелигине ийе қаржылай төлем екенлиги көрсетилген.
Буннан тысқары, Мийнет кодексиниң 21-статьясында хызметкердиң ҳуқықлары белгиленген болып, оған муўапық, хызметкерлер өз маманлығына, мийнеттиң қурамалылығына, орынланған жумыстың муғдары ҳәм сапасына муўапық өз ўақтында ҳәм толық көлемде мийнет ҳақы алыў ҳуқықына ийе. Бул кодекстиң 25-статьясында болса, жумыс бериўшиниң миннетлемелери белгиленген болып, оған муўапық, хызметкерлерге берилиўи керек болған мийнет ҳақысын усы Кодекске, жәмийетлик шәртнамаға, ишки мийнет тәртибиниң қағыйдаларына, басқа ишки ҳүжжетлерге, мийнет шәртнамаларына муўапық белгиленген мүддетлерде толық көлемде төлениўи шәрт екенлиги белгиленген.
Соның ушын, нызамшылық талапларына тийкарланып төленбей атырған үстеме пулларын өндирип бериў бойынша пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына шағым арзасы киргизилди. Судтың қарары менен Нөкис қалалық медицина бирлеспеси тәрепинен хызметкерлердиң үстеме пуллары төлеп берилетуғыны белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги