Президент Шавкат Мирзиёев 11-январь күни транспорт ҳәм логистика системасын және де раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Кейинги жети жылда жергиликли тасыўларды қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде жүк автомобильлериниң саны 7 есеге артып, 26 мыңға жеткен. Олардың халықаралық тасыўдағы үлеси болса 35 проценттен 60 процентке асқан.
Бирақ дүньядағы геосиясий жағдай бул тараўда қыйыншылық туўдырмақта. Батыс жөнелисинде тасыў мүддети 2 мәрте, қәрежети болса 1,5 есеге шекем артып кетпекте. Айырым Европа мәмлекетлери шегараларындағы өткериў пунктлери жабылған, басқаларында узақ гезек күтиўлер жүзеге келген.
Сол себепли транспорт-логистика системасын жедел раўажландырыў ҳәм сыртқы саўда жөнелислерин диверсификациялаў зәрүрлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық базарларға алып шығатуғын альтернатив жөнелислер бойлап жайласқан мәмлекетлер менен транзит жүк тасыўларды әпиўайыластырыў ҳәм еркинлестириў, шегараларда өндирилетуғын жыйымларды өз-ара теңлик тийкарында азайтыў яки бийкарлаў илажларын көриў керек.
Елимизде жүк жөнетиўши ҳәм тасыўшыны өз-ара байланыстыратуғын экспедиторлық хызметлериниң тийкарғы бөлеги сырт ел компанияларына туўра келеди. Бул тараўда жергиликли экспедиторларымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде олардың халықаралық жүк тасыўдағы хызметлерине қосымша қун салығы алынбайтуғын болды. Нәтийжеде жергиликли кәрханалардың үлесин 45-50 процентке шығарыў имканияты көрсетип өтилди.
Усындай илажлар арқалы халықаралық жүк тасыў көлемин 2 есеге арттырыў, транспорт хызметлери экспортын кеминде 3 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы белгиленди.
Өзбекстан аймағы арқалы транзит тасыўлар көлемин көбейтиў де әҳмийетли. Бул бағдарда жаратылып атырған қолайлықлар нәтийжесинде мәмлекетимиз кейинги жыллары Жәҳән банкиниң логистика бойынша индексинде жоқарыламақта. Бул транзит потенциалы менен бирге инвестиция ағымының артыўына, улыўма, саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўына хызмет етеди.
Жуўапкерлерге электрон гезек системасын кеңнен ен жайдырыў, шегарадан өтиў ўақтын 20 минутқа шекем қысқартыў, транспорт қуралларын онлайн бақлаў системасын жолға қойыў арқалы қосымша жүк ағымларын тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
Және бир мәселе – жөнелиссиз такси хызметлерине тийисли. Еки жыл алдын физикалық тәреплерге өзин-өзин бәнт еткен ҳалда таксишилик етиўге ўақтыншалық рухсат берилген еди. Буның нәтийжесинде таксишилер саны 6 есеге артып, 457 мыңға жетти. Сол себепли енди бул тәртип турақлы болатуғыны айтылды.
Таксилерге қарыйдар табыўда мәлимлеме хызметлери базары қәлиплести. Ҳәзирги ўақытта 151 агрегатор компаниялар жумыс алып бармақта ҳәм бул және өсип бармақта. Сол себепли агрегаторлардың жумысын тәртипке салыў, олардың мәмлекет, айдаўшы ҳәм жолаўшылар алдындағы миннетлемесин анық белгилеў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА