Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаянныӊ мирәт етиўине бола, 13-16-январь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар  шеӊберинде Абу-Даби ҳәм Дубай  қалаларында ушырасыӯ ҳәм илажлар өткерилиӯи нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы Әмирликлер пайтахтында Президент Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян менен еки тәреплеме сөйлесиӯлер өткереди, мәмлекеттиӊ жетекши мәмлекетлик шөлкемлери, компания ҳәм банклериниӊ басшылары  менен ушырасады, сондай-ақ, «Абу-Даби турақлы раӯажланыӯ ҳәптелиги» халықаралық саммитинде қатнасады.

Дубай қаласында Бирлескен Араб Әмирликлери вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмири Шайх Муҳаммад бин Рашид Мактум менен ушырасыӯ өткерилиӯи режелестирилген.

Сапар күн тәртибинен Өзбекстан – БАӘ дослық ҳәм көп тәреплемели  шериклик қатнасықларын және де беккемлеӯ, инвестициялар, «жасыл» энергетика, инфраструктура, санластырыӯ, жасалма  интеллект, иноовациялық раӯажланыӯ, туризм ҳәм басқа  көплеген тийкарғы бағдарларда әмелий бирге ислесиӯди  кеӊейтиӯ мәселелери орын алған. Мәдений-гуманитарлық  алмасыӯды  жеделлестириӯге  айрықша итибар қаратылады.

Халықаралық  ҳәм регионаллық сиясаттыӊ әҳмийетли тәреплери де көрип шығылады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиӯлер жуӯмағында еки мәмлекет арасында кеӊ көлемли  бирге ислесиӯди және де раӯажландырыӯға қаратылған салмақлы келисимлер топламы қабыл  етилиӯи күтилмекте.

ӨзА