Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен 2022-жыл 2-мартта пластик пенен патасланыўды қысқартыў, теңиз орталығын ҳәм экосистеманы қорғаў бойынша резолюция қабыл етилген. Оның тийкарғы принциплери етип пластиктен пайдаланыўды азайтыў, «патасландырыўшы төлейди» принципин енгизиў, қайта ислетиў ҳәм қайта ислеўди өз ишине алған айланба экономикаға өтиў белгиленген.
Базель, Роттердам ҳәм Стокгольм конвенциялары ҳәм «Турақлы раўажланыўға жәрдемлесиў» орайының изертлеўлери ҳәм усынысларына бола, пластикалық шығындыларды басқарыўда өндириўши ҳәм импорт етиўшилерге «кеңейтилген миннетлеме» системасын қолланыў усыныс етилген.
Европа Аўқамының «Шығындылар ҳаққында»ғы ҳәм «Қадақлаў ҳәм қадақлаў шығындылары ҳаққында»ғы директиваларына муўапық, өнимлерди жыйнаў, қайта ислеў ҳәм жуўмақлаўшы утилизациялаў миннетлемелерин усы өнимди өндириўшиге жүклейтуғын принципи енгизилген. Усы бағдарда өндириўши қоршаған орталық ушын зыянсыз қадақлаў түрлеринен пайдаланыўы хошаметленеди. Бул системаның енгизилиўи тәжирийбесин Европа Аўқамының айырым мәмлекетлери ҳәм Россия, Беларусь ҳәм Қазақстан мысалында бақлаў мүмкин.
Мәмлекетимизде 2025-жыл 1-ноябрьге шекем пластикалық өнимлерди өндириўшилер ҳәм импорт етиўшилерге өзлери ислеп шығарған ҳәм импорт еткен өнимлеринен пайда болатуғын шығындыларды утилизациялаў миннетлемелерин жүклеў бойынша нормативлик ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў усыныс етилмекте.
«Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған ориталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманы жойбарында усы ҳаққында мәлим етилген.
Пәрман жойбары «Өзбекстан-2030» стратегиясы онлайн порталында кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған. Жойбар 2025-жыл 22-январьға шекем кең жәмийетшилик ҳәм экспертлер додалаўларынан өткериледи.
Усыныс етилип атырған жаңа система 2026-жылдан баслап әмелиятқа енгизилиўи мүмкин. Онда пластикалық өним ислеп шығарыўшы ҳәм импорт етиўшилер яки қайта ислеўге қәнигелескен кәрханалар тәрепинен пластикалық шығындыларды жыйнап алыў, сайлаў ҳәм қайта ислеў шөлкемлестириледи. Ири саўда объектлери, супермаркет, гипермаркет, базарларда пластикалық тараларды қабыл етиўши үскенелер орнатылады. Кәрханалар ҳәм импорт етиўшилер ушын басқышпа-басқыш өндириўшилердиң кеңейтилген миннетлемелерин жүклеў системасы әмелиятқа енгизиледи.
Мысал ушын, алкогольсиз ишимлик ислеп шығарыўшы кәрхана пластикалық тараларын 2026-жылдан 50, 2027-жылдан 75 ҳәм 2028-жылдан 100 процентке утилизациялаў миннетлемесин алады.
Хош, нәтийже қандай болады??
Бул системаның әмелиятқа еншизилиўи жылына 1,2 миллион тонна пластикалық шығындыларды қайта ислеў ҳәм қайтадан пайдаланыўға тартыў жолы менен екилемши материаллық ресурслардың топланыўы ҳәм пайдаланылыўы дәрежесин арттырыўға хызмет етеди, делинеди Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги мағлыўматында.
Шығындыхана ҳәм полигонларға жайластырылатуғын шығындылар муғдарын қысқартыў ҳәм полигонлардың пайдаланыў мүддетин узайтыў да бул процессте әҳмийетли. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, шығындылардың пайда болыўы, утилизацияланыўы, қайта ислениўиниң көлеми бойынша анық статистикалық мағлыўматлар қәлиплестириледи. Пластикалық өнимлерди толық қайта ислеўге тартыў ыссықхана газлерин (СО(2) 75 процентке шекем қысқартыўға имканият береди.
Шығындыларды қайта ислейтуғын жергиликли ҳәм сырт елли инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў бойынша жаңа қуўатлықларды раўажландырыў да бул бағдардағы тийкарғы мақсет болып есапланады. Пластикалық шығындылардың инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў арқалы жоқары дем алыў жоллары, нерв системасы, жүрек-қан тамыр ҳәм аллергиялық кеселликлердиң қысқартылыўына ерисиледи.
А.РУСТАМОВ, ӨзА