Ҳүкиметтиң 916-санлы қарары менен Өзбекстанға импорт етилиўи қадаған етилген қәўипли өнимлер ҳәм шығындылардың дизими тастыйықланды.

Қарар менен, сондай-ақ:

  • Өзбекстанға алып кирилиўи қадаған етилген өсимликлерди қорғаў қураллары ҳәм басқа турғын органикалық патасландырыўшы элементлер дизими;
  • Импорт-экспорт етилиўи мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын ҳәм мәжбүрий экологиялық сертификатластырыў керек болған қәўипли өнимлер ҳәм шығындылар дизими тастыйықланған.

Өзбекстан аймағында белгиленген шығындыларды қайта ислеў ҳәм утилизациялаў ушын алып кириўшилер төмендегилерге ийе болыўы керек:

  • шығындыларды еркин түрде толық утилизациялайтуғын, қайта ислейтуғын яки олардан қайта пайдаланатуғын импорт етиўшилер – шығындыларды утилизациялаў, қайта ислеў яки қайта пайдаланыў процесслериниң қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўи ҳаққындағы баянат жойбары бойынша мәмлекетлик экологиялық экспертизасының унамлы жуўмағына;
  • шығындыларды еркин түрде толық утилизациялаў, қайта ислеў яки олардан қайта пайдаланыў имканиятына ийе болмаған импорт етиўшилер – бул шығындыларды тапсырыў яки реализациялаў бойынша шығындыларды утилизациялаў ҳәм қайта ислеў менен шуғыллынатуғын юридикалық тәреплер менен дүзилген шәртнамаға.

Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги