Бүгин, 9-январь күни Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Онда «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жанлы атқарыў өнерин және де раўажландырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Режеси додаланды.
Мәжилисте сенаторлар, министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, экспертлер, сондай-ақ, аймақлардан жергиликли Кеңеслердиң Жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери комиссиялары ҳәм Жаслар парламенти ағзалары қатнасты.
Атап өтилгениндей, усы Реже менен Мәденият министрлигиниң жанлы атқарыў өнерин раўажландырыў, қосықшы, дөретиўши ҳәм атқарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы бир қатар ўәкилликлери белгиленбекте.
Сондай-ақ, Реже менен илажлар шөлкемлестириў ҳәм өткериўде жанлы атқарыў яки фонограммадан пайдаланыў көриниси ҳәм дәрежесин анық белгилеў, атқарыўшылар тәрепинен фонограмма ҳәм авторлық шығармаларынан пайдаланыў бойынша әмелдеги нызамшылыққа әмел етиўин мониторинг етиў ҳәм миллий көркем өнер ҳәм мәденияттың абырайын арттырыўға хызмет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бойынша илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, фонограммадан пайдаланыў дәрежеси ҳаққында хабар бериў тәртиби, концерт-тамаша илажының бағдарламасында атқарыўшылар ҳәм шығарма авторлары анық көрсетилиўи шәрт екени ҳәм концерт-тамаша илажы рекламасында фонограммадан пайдаланыў дәрежеси ҳаққындағы мәлимлеме улыўма реклама майданының кеминде он процентин қураўы ҳаққындағы қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ, концерт-тамаша илажларында музыкалы ҳәм басқа шығармаларды атқарыўда фонограммадан пайдаланыў дәрежесине қарап атқарыўшылар тәрепинен атқарыў усыллары белгиленбекте.
Бул Нызамның қабылланыўы концерт-тамаша илажларын өткериў нәтийжелилигин арттырыўға, жанлы атқарыў өнерин раўажландырыўға, қәбилетли атқарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға, жанлы атқарыўды хошаметлеўдиң жаңа механизмлерин енгизиўге хызмет етеди.
Мәжилис соңында Комитеттиң тийисли қарары қабылланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги