Елимизде «жасыл» энергия дереклери технологияларын енгизиў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, дүньяның «Masdar» ҳәм «ACWA Power» сыяқлы жетекши сырт ел компанияларының қатнасыўында қуяш панеллери ҳәм самал генераторларының станцияларын иске қосыў бойынша жойбарлар енгизилмекте.
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы баслығының орынбасары Жаҳонгир Жамалов ҳәм «Masdar» компаниясының ўәкили Бекзод Тешабоев арасында өткерилген ушырасыўда бул ҳаққында сөз етилди.
Ушырасыў даўамында республикада самал ҳәм қуяш электр станциялары, сондай-ақ, энергия сақлаў системаларының қурылысы ушын жергиликли электротехника санааты кәрханалары тәрепинен өнимлер жеткерип бериў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, сырт ел компаниясының жойбарларын әмелге асырыўда жергиликли қәнигелер менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2030-жылға шекем «жасыл» электр станцияларының улыўма қуўатлылығын 27 ГВтға жеткериў ўазыйпасы белгиленгенин атап өтиў зәрүр. Соның менен бирге, «жасыл» энергетика жойбарлары ушын 500 миллион долларлық кабель-сым өнимлерине талап бар екенлиги атап өтилмекте.
«Өзэлтехсанаат» ассоциациясы усы ўазыйпалардан келип шығып, «Masdar», «ACWA Power» ҳәм басқа ири компаниялар менен бирге ислесиўди және де раўажландырыўға әҳмийет қаратпақта. Бул ҳәрекетлер мәмлекетимиздиң экологиялық таза энергия дереклерине болған талабын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер көрип шығылған мәселелер бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиўге келисип алды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА