Экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, кең жәмийетшиликтиң ўәкиллери биргеликте жедел жумыс алып бармақта.

Тараўда жумыс ислеп атырғанларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағы шөлкемлестириледи. Усы мақсетте ислеп шығылған нызам Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилисинде көрип шығылды.

Бул ҳүрметли атақ экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын раўажландырыў, тәбиятты қәстерлеп-сақлаў, биокөптүрлесликти сақлаў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерискен пуқараларға берилиўи мақсет етилген.

Экологиялық жақтан таза ҳәм инновациялық технологияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа  енгизиў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, жас әўладты тәбиятқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳәм системада жоқары маман кадрларды таярлаў бағдарында пидәкерли мийнет етип атырған қәниге-хызметкерлер ҳәм тараў  ўәкиллери, экобелсендилерге де бул сыйлық берилиўи нәзерде тутылған.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўында төлем нормасын беккемлеўге қаратылған қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Нызам менен Пуқаралық ҳәм Турақ жай кодекслерине, «Бәсеки ҳаққында»ғы ҳәм «Электр  энергетикасы ҳаққында»ғы нызамларға қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлығы бар болған тытыныўшылар қысқа хабар (SMS) арқалы хабардар етилгенинен кейин усы қарыздарлық сапластырылғанына шекем олардан электр энергиясы ушын төлемлерди қабыл  етиўди  ўақтыншалық шеклеўге қаратылған ҳуқықый нормалар белгилениўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик турақ жай фондларындағы жайлардың мүлк  ийелерине, ижараға, арендаға  алыўшыларына коммуналлық хызметлер көрсетиў мәжбүрий төлемлер үш айдан аслам төленбеген жағдайда тоқтап турылыўынан қатты ҳәм суйық турмыслық  шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери буған кирмейтуғыны нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, комитет тәрепинен халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары ушын оқыў семинары өткерилди.

Аўыл хожалығын реформалаў ҳәм раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоршаған орталықты сақлаў, жүзеге келип атырған  машқалалар ҳәм оларды өз ўақтында шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Семинарда турақлы комиссия ағзалары додаланған мәселелер бойынша өз пикирлери ҳәм усынысларын билдирди.

Н.Абдураимова, ӨзА