Англия чемпионы «Манчестер Сити» Абдуқодир Ҳусановты өз қурамына қосып алыўға жақын турыпты.

«Championat.asia» басылымының мәлим етиўинше, «Сити»ге футболшы бойынша рәсмий усыныс жиберген ҳәм Абдуқодирди 50 млн евро есабынан сатып алыўға таяр екенлигин билдирген. Буннан алдын «Ланс» өзбекстанлы футболшыны 40 млн евроға сатып алыўға таяр екенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилген еди.

Өз гезегинде инсайдер-журналист Фабрицио Романо болса, Ҳусановтың «Сити»ге өтиўине аз ғана қалғанлығын атап өтти.

Ал, және бир инсайдер Николо Скираның мәлим етиўинше, Ҳусанов Англия клубы менен трансфер баҳасы 50 млн евро болған бес жыллық шәртнамаға қол қояды.

Соны айтып өтиўимиз керек, Ҳусановты «Ланс»  2023-жылы Беларустың «Энергетик БГУ» клубынан 100 минг евроға сатып алған еди ҳәм усы мәўсимде 20 жастағы футболшы Франция чемпионатында 13 ойында майданға түсти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы