Хабарыңыз бар, Усы жылғы мәмлекетлик бағдарлама жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған. Онда атап өтилиўинше, Өзбекстанда 2025-2027-жылларға мөлшерленген пластикалық пенен патасланыўды азайтыў бойынша миллий бағдарлама жойбарын ислеп шығыў режелестирилмекте. Атап айтқанда, 2027-жылдан баслап пластикалық пакетлерди ислеп шығарыў, алып кириў ҳәм олардан пайдаланыўды қадаған етиў ҳәм экологиялық жақтан зыянсыз (көп түрли бөлеклениўши) пакетлерден пайдаланыўды хошаметлеў усыныс етилмекте.

Буннан тысқары, пластикалық өнимлердиң химиялық қурамындағы зыянлы элементлерден пайдаланыўға шеклеў ҳәм қадақлаўларда қайта исленген пластиктен пайдаланыў коэффицентлерин белгилеў режелестирилген. Ҳүжжет жойбары 2025-жылдың сентябрь айына шекем ислеп шығылыўы 2025-жылдың ноябрь айына шекем Министрлер Кабинетине киргизилиўи күтилмекте.

Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў ҳаққындағы президент қарары жойбарына бола, 2025-жыл 1-ноябрьге шекем пластикалық қадақлаўларды өним ислеп шығарыўшы ҳәм импорт етиўшилерге төмендеги миннетлемелерди жүклейтуғын нызам жойбарын ислеп шығыў да нәзерде тутылған. «Тараларды қайтарыў», усы түрдеги шығындыларды қабыл етиўши арнаўлы орынлар ҳәм үскенелерди орнатыў арқалы жыйнап алыў ҳәм утилизациялаў, утилизация жыйындысын төлеў бойынша кеңейтилген миннетлемени енгизиў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде жүзден аслам мәмлекетте бир мәртелик пластикалық пакетлерге толық яки толық емес шеклеў енгизилген. 2010-жылдан 2019-жылға шекемги дәўирде пластикти басқышпа-басқыш сапластырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалардың саны үш есеге артқан.

ӨзА