Жанар май-энергетика ресурслары пайдаланыўшыларының энергия аудити Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Бул процесс энергия аудити хызметлерин көрсетиўши ҳәм пайдаланыўшы арасында дүзилген шәртнамаға тийкарланып өткериледи.
Энергия аудити тийкарынан жанар май-энергетика ресурсларын үнемлеў, олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў потенциалын баҳалаўға, энергияны үнемлеўге тийисли илажлар ислеп шығыўға қаратылған. Бул арқалы энергияны үнемлеў, нәтийжели пайдаланыў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бағдарламалар ислеп шығылады.
«Өзэнергоинспекция» энергия нәтийжелилиги департаменти баслығы Фаррух Ҳалимовтың сөзине бола, дәўирлик энергия аудити ҳәр жылы белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
– Дәўирлик энергия аудити «Өзэнергоинспекция» менен келисилген кестеге тийкарланып бес жылда кеминде бир мәрте өткериледи. Мәжбүрий энергия аудити жоқары технологиялы өндирис үскенелерин орнатқан ҳәм модернизацияланған субъектлерде экспресс түрде әмелге асырылады. Ишки энергия аудити кәрханалар ҳәм шөлкемлер тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық әмелге асырылады ҳәм онда энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў ушын жуўапкер қәнигелерден түсиник алыў имканияты бар, – деди Ф.Ҳалимов.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА