Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде университет кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти. Оған университет басшылары, бөлим баслықлары, факультет деканлары, кафедра баслықлары ҳәм илимий кеңес ағзалары қатнасты.
Мәжилисти университет ректоры А.Реймов алып барды.
Мәжилисте университеттиң вакант профессор-оқытыўшылары лаўазымларына таңлаў ислери бойынша университет кеңесиниң хаткери Ж.Бийимбетовтың мәлимлемеси тыңланды. Мәжилис күн тәртибине муўапық факультетлер ҳәм кафедралардың 2024-жылғы жумыс режелериниң орынланыўы және әмелге асырылған жумыслар додаланды. Сондай-ақ, 2025-жылы әмелге асырылыўы керек болған илажлардың режелери көрип шығылды.
Мәжилисте университет ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, билимлендириўдиң сапасын буннан былай да жетилистириў, илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, жасларды тәрбиялаў мәселелерине айрықша итибар қаратыў кереклигин атап өтти. Соның менен бирге, университет проректорлары, факультет деканлары ҳәм кафедра баслықларына келешекте орынланыўы керек болған бир қатар ўазыйпалар тапсырылып, алға қойылған мақсет ҳәм режелерди әмелге асырыўда биргеликте ислесиўге шақырды.
Сондай-ақ, күн тәртибинде 2024-жыл 27-декбарь күни Әдиллик министрлигинен дизимнен өткен “Жоқары билимлендириў мәкемелериниң басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлериниң үлги штатларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына өзгерислер киргизилгени мүнәсибети менен университет штатлар кестесин тастыйықлаў бойынша университеттиң Қаржы ҳәм режелестириў бөлиминиң баслығы С.Утеўлиеваның мәлимлемеси тыңланды.
Мәжилис даўамында Коррупцияға қарсы гүресиў “Комплаенс-қадағалаў” бөлими жумысларын жетилистириў бойынша мәселелер көрип шығылып, мәжилис жуўмағында күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги