Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министрлиги баспасөз хыхметиниң мәлимлемесине бола, 2025-жыл 7-январь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили, Европа комиссиясы вице-президенти Кая Каллас пенен телефон арқалы сөйлесиў өткерди.

Сәўбет даўамында еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў шеңбериндеги бир қатар темалар қамтып алынды. Регионлар арасындағы бирге ислесиў жедел пәтлер менен раўажланып баратырғанын атап өтти. Көплеген нәтийжелерге ерисилди, еле алдында және де кеңирек имканиятлар бар екенине айрықша итибар берилди. Еслетип өтемиз, быйыл Самарқанд қаласында Орайлық Азия – Европа Аўқамы саммити болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги