Ҳүкимет қарары (2-санлы, 06.01.2025 ж.) менен «Жарылыў қәўипи болған орталықларда қолланылатуғын әсбап-үскенелердиң қәўипсизлиги ҳаққында техникалық регламент» тастыйықланды.
Оған бола, техникалық регламент инсан өмири ҳәм саламатлығын, мүлкин ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм пайдаланыўшыларды албырататуғын ис-ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде жарылыў кәўипи болған орталықта Өзбекстани аймағында қолланылыўы ҳәм орынланыўы мәжбүрий болған бирден-бир талапларды белгилейди.
Техникалық регламент талаплары жарылыў қәўипи болған орталықларда қолланылатуғын әсбап-үскенелердиң белгиленген дизимине қолланылады.
Әсбап-үскенелер жарылыў қәўипи бойынша қәўипсиз ислеў ҳәм пайдаланыў ушын зәрүр болған төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
– әсбап-үскенелерден жанатуғын элементлердиң шығыўы нәтийжесинде пайда болыўы мүмкин болған жарылыў орталығының пайда болыўына жол қоймаў;
– жарылыў пайда болатуғын ҳәр бир дәректиң өзгешелигин есапқа алған ҳалда, жарылыў орталығында өрт алысып кетиўиниң алдын алыў;
– әсбап-үскенелердиң қолланыў тараўына қарап, жарылыў қәўипи болған орталықларда қолланылатуғын әсбап-үскенелердиң жарылыў қәўипсизлигин белгилейтуғын көрсеткишлер классификациясына.
Техникалық регламент рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен соң әмелге киргизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги