Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўине бола, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары ҳәм сыртқы ислер министри Мурат Нуртлеў менен телефон арқалы нәтийжели сөйлесиў өткерди.
Сәўбет даўамында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды тереңлестириў, пүткил Орайлық Азия регионын раўажландырыў ҳәм глобал мәселелерди шешиўде бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Тәреплер дослық қатнасықлары барған сайын беккемленип баратырғанын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, бул беккем тийкарға ийе болған байланыслар 2025-жылы да мәмлекетлер ушын және де үлкен табыслар алып келетуғынына исеним билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги