2025-жыл 1-июльден баслап шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа ҳүжжетлердиң электрон түри рәсмий тән алына басланады. Бул ҳүкиметтиң «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўда «социаллық карта» системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған.
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП)ның анықлық киргизиўинше, енди my.gov.uz дағы шахсты тастыйықлаўшы, айдаўшылық гүўалығы ҳәм басқа ҳүжжетлердиң санлы (электрон) түрлери рәсмий тән алынады.
Онда my.gov.uz платформасы ҳәм «Социаллық карта» мобиль қосымшасында бул санлы сервислерден пайдаланыў имканияты жаратылады ҳәм олар Өзбекстан Республикасы аймағында мәжбүрий тәртипте қабыл етиледи.
Дизимге төмендеги ҳүжжетлер киргизилген:
Өзбекстан пуқарасының биометриялық паспорты;
Өзбекстан пуқарасының идентификациялаўшы ID-картасы;
Айдаўшылық гүўалығы;
Туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы;
Неке дүзилгенлиги ҳаққындағы гүўалық;
Некеден ажырасқанлығы ҳаққындағы гүўалық;
Транспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық (техникалық паспорт, техникалық талон);
Пенсия (напақа) гүўалығы;
Пуқаралығы болмаған шахстың жасаў гүўалығы (ID-картасы);
Майыплығы ҳаққында мағлыўматнама;
Транспорт қуралының мәжбүрий қамсызландырыў (пуқаралық жуўапкерлиги) бойынша қамсызландырыў полиси;
Жоқары, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм профессионал билим алғанлығы ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги рәсмий ҳүжжет;
Студентлик гүўалығы;
Жеке тәртиптеги исбилерменниң мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық;
Өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өткенлиги ҳаққында мағлыўматнама;
Турақ жай объектлериниң кадастр паспорты;
Физикалық тәрептиң жеке автомототранспорт қуралын басқа шахсларға басқарыў ҳуқықын беретуғын исеним хаты.
Бул ҳүжжетиң қағаз нусқалары банклерде, нотариал уйымларда, аэропортларда ишки рейслерди дизимнен өткериўде ҳәм Өзбекстан аймағынан өтетуғын поездларға миниўде, мәмлекетлик корпоративлик ҳәм басқа хызметлерди көрсетиў, соның менен бирге, электрон хызмет көрсетиў ҳәм пуқараларды қабыл етиўде тийисли ҳүжжетлерди бериўди талап ететуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлерде талап етилмейди, яғный порталдағы электрон түрлери де тән алынады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги