Соңғы жылыларда Өзбекстанда энергетика тараўында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў нәтийжесинде электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми турақлы өсип бармақта.
Оған өндирис қуўатлықларының модернизацияланыўы, жаңа станцияларды қурыў ҳәм бар инфраструктураны жақсылаў бойынша әмелге асырылған жойбарлар себеп болды.
2016-2024-жылыларда электр энергиясын ислеп шығарыў көлемлериниң жылылық динамикасы төмендегише:
2016 жылы – 59,0 миллиард кВт⋅саат;
2017 жылы – 60,7 миллиард кВт⋅саат;
2018 жылы – 62,8 миллиард кВт⋅саат;
2019 жылы – 63,6 миллиард кВт⋅саат;
2020 жылы – 66,4 миллиард кВт⋅саат;
2021 жылы – 71,3 миллиард кВт⋅саат;
2022 жылы – 74,3 миллиард кВт⋅саат;
2023 жылы – 78,0 миллиард кВт⋅саат;
2024 жылы – 81,5 миллиард кВт⋅саат.
Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң таллаўына бола, 2024-жылыы ислеп шығарылған электр энергиясының көлеми 2016-жылыға салыстырғанда 22,5 миилиард киловатт саатқа ямаса 38 процентке артқан.
Бул көрсеткишлер мәмлекетимизде электр энергиясы тараўындағы жоқары потенциалынан дерек болып, экономика тармақларының турақлы өсиўи ушын әҳмийетли тийкар жаратпақта.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА