Реформалардың нәтийжесинде суд-тергеў әмелиятында инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеўге қаратылған алдынғы ҳәм нәтийжели механизмлер жолға қойылды.
«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен бул процесс және де жетилистирилмекте.
Усы нызам менен жынаятқа қол урғанлықта айыпланып атырған шахстың еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслыққа байланыслы конституциялық ҳуқықларын суд тәрепинен исенимли тәмийинлеў мақсетинде жынаят ислери бойынша район, қала судларында енгизилген тергеў судьясы лаўазымының ҳуқықый тийкарлары беккемленип қойылмақта.
Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети мәжилисинде усы ҳаққында атап өтти.
Нызамшылыққа тергеў судьялары тәрепинен жынаят ислери бойынша судқа шекем ис жүргизиў басқышында процессуал қарарларға санкция бериў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў мәселелерин нызамшылықта белгилеў ушын тергеў судьяларының ўәкилликлерине киргизилген ислерди көрип шығыў тийкарлары ҳәм тәртибин нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.
Сенаторлар нызамның қабыл етилиўи тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Мәжилисте «Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине бюджет ҳаққындағы нызамшылық бузылыўлардың профилактикасын тәмийинлеў, экономикалық жынаятларды өз ўақтында анықлаў, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм ҳадал тергеў тараўында қосымша ўазыйпалар жүкленди.
Өз гезегинде, нызам менен Жынаят-процессуал кодекси ҳәм «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамға Департаменттиң жынаят ислери бойынша тергеўди жүргизиў бағдарындағы ўәкилликлери анықластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.
Нызамға муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм Бюджет кодексине Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәмлекетлик қаржы қадағалаў уйымларының ўәкилликлери Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүрсеиў департаменти Мәмлекетлик қаржы қадағалаў инспекциясына жүклениўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилип атырғаны айрықша атап өтилди.
Мәжилисте тийисли қарарлар қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА