Мәмлекетимизде спорттың шахмат түрин раўажландырыў бойынша бир қатар имканиятлар жаратылмақта. Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан-ақ, яғный 1996-жылы Өзбекстан шахмат федерациясы – мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында шөлкемлестирилип, өзиниң әтирапына Өзбекстанда жумыс ислеп турған шахмат спорт түри менен шуғылланатуғын шөлкемлерди бирлестирди.
Федерацияның жоқарғы уйымы бул – конференция есапланып, 4 жылда кеминде 1 мәрте шақырылады. Конференцияның жумысына федерация уставын тастыйықлаў, оған қосымшалар менен өзгерислер киргизиў, федерацияның Президентин сайлаў ҳәм лаўазымынан босатыў, федерацияның атқарыў комитетин тастыйықлаў және федерация турмысына байланыслы әҳмийетли мәселелерди көрип шығыў сыяқлы ўазыйпалар киреди.
Федерация өз әтирапына Өзбекстандағы ҳәўескер ҳәм профессиональ тәризде шахмат пенен шуғылланатуғынларды бирлестиреди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июньдеги «Шахматты және де халық арасында ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул бағдардағы илажлар және де жеделлести.
Республикамызда 2024-жылдың өзинде шахмат бойынша бир қатар спорт жарыслары болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнде 42 тренер 1196 спортшыға шахмат спорт түриниң сырларын үйретпекте. Шахмат спорт түринен республикамыздың Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районларында 2 клуб шөлкемлестирилген болып, онда 4 тренер тәрепинен 45 спортшы шахмат спорт түри менен шуғылланып келмекте.
Спортшыларымыздың жетискенликлерине тоқталып өтетуғын болсақ, усы күнге шекем өткерилген Өзбекстан чемпионатларында шахмат ҳәм пара шахмат бойынша спортшыларымыз жәми 10 медальды қолға киргизди. Соннан 4 медаль пара шахмат, 6 медаль шахмат түринен жеңип алынып, жәми 2 алтын, 6 гүмис, 2 бронза медаль қолға киргизилди.
Сондай-ақ, спортшыларымыз 2024-жылдың 1-11-декабрь күнлери Тайланд мәмлекетиниң Бангкок қаласында шахмат бойынша 7, 9, 11, 13, 15 ҳәм 17 жасқа шекемги мектеп оқыўшылары арасында өткерилген Азия чемпионатына да нәтийжели қатнасып қайтты. Онда шахматтың стандарт бағдарында 6-12–орынды, рапид бағдарында 16-18-орынды, блиц бағдарында 10-орынларды ийеледи.
Буннан тысқары 8-жасқа шекемги жаслар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында шахматтың стандарт бағдары бойынша спортшымыз Ларина Зарина 3-орынды ийеледи. Ал, 2024-жылы мектепке шекемги өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионатында Ларина Зарина сыйлы 1-орынды, 10-жасқа шекемги жаслар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында блиц бағдары бойынша Дилнура Гафуржанова 2-орынды, пара шахмат бойынша Сапаримбет Отиев рапид бағдарында 1-орынды, классик бағдарында 2-орынды ийеледи. Сондай-ақ, пара шахмат бойынша Қуралбай Джакашев Өзбекстан чемпионатында рапид бағдарында 2-орынды, классик бағдарында 2-орынларды ийеледи.
Республикамызда жумыс ислеп турған клублардың жетискенликлерине тоқтап өтетуғын болсақ, 2024-жылы Өзбекстан чемпионатында блиц бағдары бойынша спортшы қызларымыз Дилнура Гапуржанова 2-орынды, Саидхан Ашықмамутов блиц бағдары бойынша 2-орынды, рапид бағдары бойынша 2-орынларды ийеледи.
Буннан басқа 20-30-ноябрь күнлери Ташкент қаласында шахмат бойынша өткерилген Президент кубоги халықаралық түрниринде Махим Оразмухаммедова, Райхона Шамуратова, Робия Медетова, Сарбиназ Мамутоваларда нәтийжели катнасып қайтты.
Өткен жылы ноябрь айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында өткерилген мәжилисте, Республикамыз басшысы елимизде спорттың шахмат түрин раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтип, Президентимиз тәрепинен шахматты раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, спортшылар менен тренерлерге қолайлы шараятлар жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, республикалық ҳәм халықаралық жарысларда сыйлы орынлар ийелери жетилисип шығыўын тәмийинлеў бағдарында ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди.
Шынында да, шахмат ойыны әййемги дәўирлерден-ақ адамларда ақыл жарысы, ақылды раўажландырыў ойыны сыпатында қаралып, ҳәзирги күнде де бул спорт түри өзиниң әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Бул спорт түрин кеңнен ен жайдырыў ушын шараятлар жаратыў, әлбетте, жасларымыз ушын ҳәр тәреплеме пайдалы.
Президент қарары ҳәм республикамыз басшысы тәрепинен белгиленген ўазыйпалар шеңберинде республикамызда ақыл ойыны болған спорттың шахмат түрин еле де раўажландырыў, спортшылар ушын шараятлар жаратыў бойынша илажлар белгиленип, бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.
Азамат Қалбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги