Республикамызда ең соңғы шөлкемлестирилген районлардың бири болған Бозатаў районында Президентимиздиң тиккелей басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берди. Аймақта жаңа объектлер бой тиклеп, халықтың турмысы абаданласты. Әсиресе, районда өсип киятырған жас әўладтың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылып, бозатаўлы жаслар  билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да көплеген тараўларда үлкен табысларды қолға киргизди. Соның ишинде жуўмақланып атырған 2024-жылда да олар көплеген унамлы нәтийжелерге еристи.

Аймақ жасларының усындай табысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жыл менен қутлықлаў мақсетинде, район орайында орнатылған жаңа жыл шыршасы әтирапында байрам кешеси өткерилди.

Илажға райондағы сектор басшылары, республикадан бириктирилген ўәкиллер, ата-аналар ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Кешеде район ҳәкими Б.Уббиниязов ҳәм басқалар келешегимиз ийелери болған балаларымызды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, өтип баратырған жыл жасларымыз турмысында үлкен  жетискенликлер менен жуўмақланып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Илажда район аймағында жасаўшы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ балаларына Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Байрам кешеси көркем өнер шеберлери ҳәм кишкене балаларымыз тәрепинен таярланған концерт  бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы