Президент Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасы менен Өзбекстан халқының кеңпейиллик жәрдеми сыпатында Аўғанстан халқын бийпул медициналық тексериўден өткериў, зәрүр азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ қураллары түриндеги гуманитарлық жүги Аўғанстан халқына жеткерип берилди.
Сондай-ақ, жәми 9 вагоннан ибарат «Саламатлық» медициналық-санитариялық жәрдеми усы жылы 25-30-декабрь күнлери өзбекстанлы тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен Аўғанстанның Балх ўәлаятында бир топар халық бийпул медициналық тексериўден өткериледи.
Атап өтилиўинше, бул гуманитарлық жәрдем Өзбекстан ҳәм Аўғанстан ҳүкиметлериниң ушырасыўында аўған халқын Өзбекстан шыпакерлери тәрепинен бийпул медициналық тексериўден өткериўде жәрдем көрсетиўди сорағанына тийкарланып әмелге асырылмақта.
Гуманитарлық жүклери Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Улуғбек Қосимов сондай-ақ, Транспорт ҳәм Сыртқы ислер министрликлери, сондай-ақ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ жуўапкерлери тәрепинен жеткерип берилди.