Мәмлекетимиз сыртқы ислер министриниң мәсләҳәтшиси Мунира Аминова Қатардың Өзбекстандағы елшиси Ҳасан Ҳамза Ҳошим менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында СИМ баспасөз хызмети хабар берген.

Сөйлесиў ўақтында өз-ара пайдалы бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў мәселеси додаланды. Атап айтқанда, экономикалық дипломатияны жеделлестириў, саўда ҳәм инвестицияның жаңа өсиў драйверлерин излеўге айрықша итибар қаратылды.

Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәдений мийрасты үгит-нәсиятлаў тараўларындағы шериклик бойынша үлкен имканият бар екенлиги атап өтилди.

ӨзА