Нөкис районында орнатылған жаңа жыл шыршасы майданшасында ата-ана қарамағынан айырылған балаларға байрам илажы шөлкемлестирилип, онда район ҳәкими  З.Зайтов балаларды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.

Илажда Президентимиздиң балаларға деген ғамхорлықлары атап өтилип, быйылғы  жылда жасларымыз турмысында үлкен жаңаланыўлар, жетискенликлер менен жуўмақланып атырғанлығын айрықша тап өтти.

Буннан соң, Президентимиз тәрепинен ҳәр жылы балаларымызға инам етилетуғын Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Бул саўғалар оларды үлкен қуўанышқа бөлеп, байрам илажы ҳәр қыйлы байрам заўықлары менен даўам етти.

                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги