Қарақалпақстан медицина институтында “Ректор ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти. Онда институт ректоры, медицина илимлериниң докторы, профессор Орал Атаниязова институтта оқып атырған жоқары курс студент-жаслары менен ушырасты.
Бул ушырасыўдың тийкарғы мақсети, жас әўладты илимге тартыў, олардың өз үстинде излениўлерин қоллап-қуўатлаў, билим алыўда жол-жоба көрсетиў ҳәм өз тараўында кәсиплик пидайлығын арттырыў болып есапланады.
Ушырасыў даўамында ректор тараўдағы жаңалықлар, елимиздиң медицина тараўындағы жетискенликлер, илим дүньясының терең сырлары, өзиниң басып өткен өмир жолы, жетискенлиги ҳәм нәтийжелерге алып келген мийнетлери, сондай-ақ, қыйыншылықлар ҳәм оларды жеңип өтиў жоллары ҳаққында толық мағлыўматлар берип өтти.
Жасларда бул өмирлик сабақлар үлкен қызығыўшылық оятып, оларға жаңа идеялар берди. Ушырасыўда жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оған жуўап алды.
Илаж соңында жаслар ректорға өз миннетдаршылықларын билдирди ҳәм олар алдағы режелери менен ортақласты.
Ушырасыўда, жыл даўамында оқыўда жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқан, халықаралық олимпиадаларда сыйлы орынларды алған, мәмлекетлик стипендиатларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги