Өзбекстанның тарийхый қалалары ҳәм Чимён таўлары, Қызылқум шөли ҳәм Арал теңизи бойлап экологиялық, гастрономиялық ҳәм медициналық-саламатландырыў туризмине қызығыўшылық билдирип киятырған туристлер арасында қоңсы мәмлекет пуқаралары да көпшиликти қурамақта. Соның ишинде, Қазақстанның Ақтөбе ўәлаятынан келип атырған туристлер усылардың қатарына киреди.

Туризм комитетиниң мағлыўматына бола, Қазақстан Республикасы Ақтөбе қаласында Өзбекстанның туристлик потенциалының презентациясы өткерилди. Онда еки мәмлекет туризм тараўының 40 тан аслам ўәкиллери қатнасты. Илаж Туризм комитети, Өзбекстанның Астана қаласындағы елшиханасы ҳәм Ақтаў қаласындағы Бас консулханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстанның туризм имканиятлары ҳәм мәдений-тарийхый мийрасы таныстырылды. Сондай-ақ, Ақтөбе ўәлаяты туристлик компанияларының ўәкиллери Өзбекстанның туристлик орайлары, сийрек ушырасатуғын бағдарлары, транспорт-логистика имканиятлары ҳәм мәмлекеттеги белгили туризм түрлери менен жақыннан танысып шықты.

Қазақстанлы туроператорлар, усы мәмлекет пуқаралары Өзбекстанға туристлик сапарларын шөлкемлестириўге үлкен қызығыўшылық билдирди.

Ушырасыў қатнасыўшыларының пикиринше, Өзбекстан пүткил Қазақстаннан туристлерди тартыў ушын өзине тән имканиятларға ийе.

А.РУСТАМОВ, ӨзА