Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен айырым ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Бул ҳүжжет жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўындағы бир қатар мәселелерди және де нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған. Соның ишинде, спорт мектеплери хызметлериниң базалық тариф ставкасына үстемелер төлеў тәртибин жетилистириўды нәзерде тутады.
Пәрманға бола, мәҳәллелерде спорт майданшалары қурылысын халық тәрепинен даўыс бериў арқалы анықлаў тәртиби енгизиледи. Бул механизм халықтың пикирин инабатқа алған ҳалда, спорт инфраструктурасын кеңейтиўге имканият жаратады. Сондай-ақ, спорт майданшаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби де жетилистириледи.
Буннан тысқары, жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўындағы әмелдеги пәрман ҳәм қарарлардан ескирген ҳәм тәкирарланыўшы нормалар шығарып тасланады. Ҳуқықый бослықларды сапластырыў ушын анық илажлар белгиленген. Бул өзгерислер тараўдағы нызамшылық базасын заманагөй талапларға муўапықластырыўға хызмет етеди.
Спорт мектеплери хызметкерлерине базалық тариф ставкасына үстемелер төлеўдиң жетилистирилген тәртиби олардың мийнетин мүнәсип хошаметлеўге имканият береди. Бул болса спорт тараўында жумыстың сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға жәрдемлеседи.
Пәрман спорт ҳәм жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, спорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм халықтың физикалық тәрбияға болған қызығыўшылығын күшейтиўге қаратылған. Бул қарарлардың әмелге асырылыўы барлық пуқаралар ушын қолайлы шараятларды жаратыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги