Олий Мажлис жанындағы Мәлимлеме тараўын ҳәм ғалаба коммуникацияларды  раўажландырыў мәселелери бойынша Жәмийетлик кеңеси 2024-жылы ушын ҳәм Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының ҒХҚ менен байланысты болыў дәрежеси (мәлимлеме  жақтан ашықлық индекси)н үйренди.

Индекс шеңберинде Өзбекстанда жумыс ислеп келген 21 республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының миллий ҳәм халықаралық электрон ҒХҚдағы шығыўлары мониторинг етилди ҳәм жуўмақлаўшы рейтинги дүзилди. Рейтинг көрсеткишлери республика атқарыў ҳәкимимяты уйымлары ҳәм олардың мәпдар шахслары тәрепинен жәрияланбаған, ал олар ҳаққында басып шығарылған мақалалар ҳәм көриўлер саны, сондай-ақ, сын көзқарастағы қатнасықлар тийкарында қәлиплестирилиўди  нәзерде тутады.

2024-жыл  ушын республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының ҒХҚ менен байланысты болыў дәрежеси (мәлимлеме жақтан ашықлық индекси) мониторингиниң жуўмақларына бола, Әдиллик министрлиги 4,09 көрсеткиш пенен биринши орынды ийеледи.

Н.Абдураимова, ӨзА