Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрь күнги ««Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамыздың барлық аймақларында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, қарар тийкарында, Тахтакөпир районында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақлар бир қатар қәўендер шөлкемлерге бириктирилип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Усындай қәўендерлик илажлары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ш.Мухаматов Дәўқара аўыл пуқаралар жыйынында болып, усы аймақта жасаўшы 5 шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алды ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Илажда бул шаңарақлардың машкалалары тыңланып, ҳәр бир шаңараққа байрам саўғалары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы