Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Суды, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги, Бердақ атындағы ҚМУ юридика факультети менен биргеликте ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында «Коррупцияға қарсы гүрес!»  атамасында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Элмурод Турсунов министрлик тәрепинен,  Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судьясы Дәўлетбай Разов Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлигиниң ўәкили Саламат Төреев министрлик тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеңесиниң екинши ярым жыллық режеси»ниң орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында  кең түрде шығып сөйледи ҳәм бул мәселе бойынша журналистлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

-Усы жылдың өткен айлары ишинде ҳуқық қорғаў ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте өткерилген оператив илажлар нәтийжесинде 132 жынаят анықланып, бул жағдайлар бойынша 142 шахс жынайый жуўапкершиликке тартылып, олардан 7 млрд 545 млн сум ақша ҳәм басқа да баҳалы затлар конфискация етилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлигиниң ўәкили Саламат Төреев.

Илажда Бердақ атындағы ҚМУ юридика факультети доценти, юридика илимлериниң кандидаты Илҳам Матжанов «Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары» деген темада баянат жасап, соңғы жыллары елимизде Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажлар ҳәм олардың ҳуқықый тийкарлары ҳаққында ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине кең түрде түсиниклер берди.

Әнжуманда бүгинги күни ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен коррупциялық ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң әмелде орынланыўы тәмийинлениўине, бундай ҳуқықбузарлықтың ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында халықтың хабардарлық дәрежесин еле де арттырыў зәрүрлигине тоқтап өтилип, бул бағдарда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен бирге ислесиў бойынша өз-ара келисип алынды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы