Россияда YouTube’қа кириў имканияты 20 процентке шекем төменледи. Көплеген пайдаланыўшылар ҳәм экспертлер тармақтың бундай төменлеўин «блокланыў» деп есапламақта. Бул ҳаққында «IXBT.com» басылымы хабар берди.

Мәлим етилиўинше, видеохостинг трафигиниң көлеми нормал жағдайдан 20 процентке шекем түсип кеткен. Халықтың 4/5 бөлеги сайттан пайдаланалмай атыр. «Google» мониторинг хызмети Россия Федерациясынан келген трафик ушын 8,5 баллды көрсеткен.

Атап өтилиўинше, YouTube Россияда бир неше айдан берли мәжбүрий түрде төменлемекте. Бул процесс декабрь айының орталарынан анық сезиле баслаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги