BRICS бирге ислесиўшиси статусын алатуғын мәмлекетлер арасында Қазақстан ҳәм Өзбекстан да бар екени атап өтилмекте. Бул ҳаққында ТАСС басылымы хабар берди.
Россия президентиниң жәрдемшиси Юрий Ушаковтың атап өтиўинше, Беларусь, Боливия, Индонезия, Қазақстан, Куба, Малайзия, Таиланд, Уганда ҳәм Өзбекстан BRICS пенен бирге ислесиўге таяр екенилигин тастыйықлаған.
«Қазандағы саммиттиң әҳмийетли нәтийжелеринен бири BRICS бойынша бирге ислесиўши 13 мәмлекеттен ибарат дизимди тастыйықлаў болды. Бул мәмлекетлерге тийисли мирәтнама жиберилди. Бүгинги күнге келип Беларусь, Боливия, Индонезия, Қазақстан, Куба, Малайзия, Таиланд, Уганда ҳәм Өзбекстаннан BRICS пенен бирге ислесиўге таяр екенин тастыйықлады. 2025-жыл 1-январьдан баслап олар рәсмий BRICS пенен бирге ислесиўши мәмлекетлер статусын алады», дейди Ушаков.
Оған бола, бул мәмлекетлердиң ўәкиллери BRICS саммитлери ҳәм сыртқы ислер министрлери мәжилислери шеңбериндеги айрықша мәжилислерге мирәт етиледи.
Мағлыўмат ушын, BRICS шөлкем 2006-жылы Бразилия, Россия, Ҳиндстан ҳәм Қытай тәрепинен шөлкемлестирилген. Шөлкем ағзалары экономикасы тез раўажланып атырған ири мәмлекетлер сыпатында көзге тасланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги