Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимизде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында қурамалы система қәлиплести. Өткен дәўир даўамында тараўда 30 дан артық нызамлар, 300 ге шамалас нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилди.

Сондай-ақ, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары избе-из даўам еттирилмекте. Қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте Регионаллық климат стратегиясын әмелге асырыўға кирисилди.

Республика көлеминде 10 мыңға шамалас пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында экология, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша комиссиялар дүзилген. Мәмлекетимиздиң түрли аймақларында 100 ден артық экологиялық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумыс алып бармақта.

Қоршаған орталықты қорғаўда жәмийетшиликтиң қатнасыўы жеделлести. Экологиялық қадағалаўдың жәмийетлик инспекторлары системасы жолға қойылды. Бул тараўда 40 мыңнан артық хызметкерлер жумыс алып бармақта. Улыўма, тараўға 300 мыңнан аслам қәнигелер, илимпаз ҳәм жәмийет ўәкиллери тартылған.

Мәмлекетимизде 2025-жыл «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланды.

Мәжилисте Экопартия жетекшиси ҳәм басқа депутатлар шығып сөйлеп, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелеринде пидәкерлик пенен мийнет етип атырған тараў пидайылары ҳәм барлық белсендилердиң қоршаған орталықты сақлаў бағдарындағы жумысын хошаметлеўге, тармақтың абырайын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Мәжилисте нызаам жойбары қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА