Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жаңа жыл байрамын белгилеў дәўиринде пуқаралардың толық дем алыўы ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм дем алыс ҳәм байрам күнлеринен нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 22-декабрьдеги «2024-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманы менен 2024-жыл 30-31-декабрь күнлери дем алыс күнлери сыпатында белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2025-жылы бес күнлик жумыс ҳәптесинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 4-январь – шемби күнинен 2-январь – пийшемби күнине көширилсин ҳәм алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын 2-январь – пийшемби қосымша дем алыс күни етип белгиленсин.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына:
мийнет жәмәәтлери арасында усы қарардың мақсети, мазмун-мәниси ҳаққында түсиник жумысларын шөлкемлестириў;
Жаңа жыл байрамы ушын белгиленген дем алыс күнлеринде хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары мазмунлы дем алыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысын жеделлестириў усыныс етилсин.
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте Жаңа жыл байрамы ушын белгиленген дем алыс күнлеринде өткерилетуғын илажлар ҳаққында ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халықтың кеңнен хабардар етилиўин тәмийинлесин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.МИРЗИЁЕВ