Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Россия Федерациясына келди.

«Пулково» халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Санкт-Петербург губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Соң мәмлекетимиз басшысы губернатор менен биргеликте Исаакий майданында пияда сейил етти.

Сапар шеңберинде Өзбекстан жетекшиси 25-26-декабрь күнлери Санкт-Петербург қаласында ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўы ҳәм Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң мәжилисинде бақлаўшы статусында қатнасады.

ӨзА