Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 20-декабрьдеги тийисли қарары менен «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик раўажланыў системасын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.

Режеге тийкарланып үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың вертикал системасына төмендегилер киреди:

-Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги;

-Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги;

-Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Ташкент қалалық ҳәм ўәлаятлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармалары;

-район (қала)лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери;

-А.Авлоний атындағы Педагогикалық шеберлик миллий институты;

-Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорларын ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институты;

-Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар Педагогикалық шеберлик орайлары;

-педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелери;

-маманлық арттырыў жумысы менен шуғылланатуғын мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери;

-мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, Президент, дөретиўшилик, қәнигелестирилген, улыўма орта билимлендириў ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери.

Сондай-ақ, бул Реже менен үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың вертикал системаға киретуғын барлық буўын шөлкем ҳәм оқыў мәкемелериниң тийкарғы ўазыйпалары белгилеп берилди.

Оған бола, үзликсиз кәсиплик раўажландырыў билим алыўдың өндиристен ажыралған/ажыралмаған ҳалда, аралықтан, дуал, еркин, альтернатив түрлери арқалы әмелге асырылады. Үзликсиз кәсиплик раўажландырыў процесслери менеджерлик оқыў курслары, маманлық арттырыў курслары, маманлық арттырыў курслары аралығында шөлкемлестирилетуғын үзликсиз кәсиплик раўажландырыў илажлары, қайта таярлаў курслары арқалы орынланады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА