Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 24-майдағы «Санлы хызметлерге қамтып алыўды ҳәм сапасын  арттырыў ҳәм тараў, тармақ ҳәм аймақларды санлы трансформациялаў  илажлары ҳаққында» ғы қарарында «Жаслар ушын «Бир миллион программист» жойбарының логикалық даўамы болған онлайн платформада оқыў курсларын шөлкемлестириў белгиленген еди.

Бунда 2023-2024-жыллар даўамында жергиликли бюджет қаржылары есабынан онлайн оқыў платформасында профессионал курсларды жолға қойыў ҳәм Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социал-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары талаплары тийкарында  «Coursera» жойбары шеңберинде онлайн платформа арқалы оқыў курсларын шөлкемлестириў жолға қойылған.

Ташкент информациялық  технологиялары университети Нөкис филиалында сыйлықлаў мәресимине арналған илаж болып өтти. Онда рейтинг тийкарында сертификат алған ҳәр бир район ҳәм қаладан үш мектептиң информатика пәни оқытыўшысы ҳәм жоқары оқыў орынлары педагог оқытыўшыларын жергиликли бюджет қаржылары есабынан «Мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм санластырыў секторы» нан қәниге системасы қәлиплестирилген болып, жәми 52 информатика пәни оқытыўшылары ақшалай  сыйлықланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының санластырыў бойынша кеңесгөйи М.Елмуратов, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Х.Сейткамалов ҳәм оқытыўшы педагоглар қатнасты.

Сыйлықлаў мәресиминде сөзге шыққанлар бүгинги күнде информациялық технологияларға болған талаптың артып атырғанлығы,   IT тараўын толық ийелеген жасларды жетилистирип шығарыў арқалы Өзбекстан ҳәм дүнья   IT базарын жас кадрлар менен толықтырыўдың әҳмийетине   тоқтап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги