«Президент шыршасы» салтанатлары ҳәр жылы жоқары руўхта болып өтеди. Быйылғы байрам алдынғы жылларға пүткиллей уқсамаған халықшыл, жарқын, тәсирлерге бай тәризде өткерилди.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы «Өзбекстан» халықаралық форумлар сарайына тийкарынан социаллық қорғаўға мүтәж, ата-ана қарамағынан айырылған, имканияты шекленген балалар мирәт етилди.
Бул илаж елимиз келешеги болған балалар ушын айрықша итибар ҳәм ғамхорлықты билдиреди. Мәмлекетимиз басшысының қоллап-қуўатлаўы астында алып барылып атырған социаллық реформалар, әсиресе, балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли бағдарламалар оның айқын мысалы болып есапланады.
Байрам бағдарламасы балалар ушын театр тамашалары, интерактив ойынлар, цирк артистлериниң қызықлы шығыўлары ҳәм белгили эстрада қосықшыларының қосықларына бай болды.
Мәмлекетимизде жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықларын қорғаў, оларға сапалы тәлим-тәрбия бериў ҳәм социаллық қорғаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтқанда, «Президент саўғасы» социаллық бағдарламасы шеңберинде кеўили ярым балаларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиўге үлкен әҳмийет қаратылмақта.
Соның менен бирге, «Президент саўғасы» бағдарламасы шеңберинде де республика бойлап жәми 10 мың 282 Меҳрийбанлық ҳәм Мүриўбет үйлериниң ул-қызлары, «SOS -балалар мәҳәллелери», Шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары, ата-ана қарамағынан айырылған балалар, елимиз тынышлығы жолында қайтыс болған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң перзентлери ушын 12 атамадағы оқыў қураллары ҳәм 15 атамадағы мазалы затлардан ибарат болған Президент саўғалары таярланды.
«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында қосықлар, қызықлы ойынлар шыңына жетти. Бийғам балалықты еске салыўшы бул демлерде ҳәммениң кеўили шадлыққа толған.
– Быйылғы байрамның өзине тән бағдарда шөлкемлестирилгени балаларға унамақта,-деди пайтахтымыздағы 22-Меҳрийбанлық үйи директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Хурсанай Холова. – Сарай фойеси көплеген мүйешлерге бөлинген болып, оларда балалар ушын әжайып ойынлар, викторинлар шөлкемлестирилгени итибарға ылайық.
– «Президент шыршасы» салтанатларында қатнасыўды ҳәр бир бала әрман етеди,-деди Ташкент қаласындағы 30-Меҳрийбанлық үйиниң тәрбияланыўшысы Жавоҳир Данилов. – Биз бул байрамда елимиздиң белгили инсанлары, көркем өнер шеберлери, спорт жулдызлары менен көрисиў, олар менен сәўбетлесиўге еристик.
– Тәрбия дәргайымыз үлкен бир шаңараққа уқсайды,-деди 30-Меҳрийбанлық үйи директорының руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Фанилия Габбасова. – Балалар бул байрамға үлкен таярлық көрди, байрам кийимлерин таярлады. Қосықлар үйренди. Мәмлекетимиздиң балаларға меҳир ҳәм итибарын ул-қызларымыз тек ғана усы илажларда емес, ал ҳәр күни, ҳәр минутта сезинбекте.
– Бундай салтанатлы илажда балалар менен ушырасыў, сәўбетлесиў арқалы олардың қәлбине қуўаныш бағышлаўдан артық бахыт болмаса керек,-деди аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионы Руслан Нуриддинов. – Балаларға пайдамыз тийгени ҳәм оларға бир дүнья шадлық бағышлағанымыздан оғада қуўанышлымыз.
Саўлатлы сарайдың залында жүзлеген түрдеги шырақлар жарқырайды. «Аяз баба» театрластырылған ертеги заманагөй көринисте көрсетилди. Бул музыкалы тамаша балаларды қыйыншылықларды мүнәсип түрде жеңип өтиў, спортта белсенди болыўға шақырыўы менен кишкенелерге оғада унады.
Илаж соңында «Инсан» орайлары арқалы балаларға саўғалар тарқатылып, оларға байрам кейпиятын бағышлады. Бундай байрам тамашалары мәмлекетимиз бойлап даўам етпекте. Олар медициналық, социаллық жағдайына қарамастан барлық балаларға бир дүнья қуўаныш бағышламақта.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы