Өзбекстан Президентиниң гепатит С ны мәмлекетлик бюджет есабынан емлеў бойынша басламасы шеңберинде Египет ҳүкимети тәрепинен гуманитарлық жәрдем сыпатында ажыратылған «Софосбувир» дәри препаратының гезектеги партиясы Ташкентке алып келинди.

720 орамдағы дәри қуралларынан ибарат жүк Uzbekistan Airways авиакомпаниясы тәрепинен Шарм-эл-Шейхтан жеткерилди. Бул  2030-жылға шекем гепатит кеселлигин сапластырыў миллий бағдарламасына бола Египеттен Өзбекстанға келтирилип атырған гуманитарлық жәрдемниң 27-партиясы болып есапланады.

Мәмлекетимиздиң Каирдағы елшиханасынан алынған мағлыўматларға бола, Египет ҳүкимети баҳасы 4,2 миллион доллар болған жәми 800 мың «Софосбувир», «Даклатасвир» ҳәм «Энтекавир» препаратларын жеткерип береди.

Усы күнге шекем баҳасы 1,461 миллион долларға тең дерлик 13,4 тонна дәри-дәрмақлар алып келинди. Дәри қураллары Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги Вирусология илимий-изертлеў институтында емленип атырған наўқасларға тарқатылмақта.

А.Алимова, ӨзА