«Египет бүгин» басылымы 22-декабрь, екшемби күни Ташкент қаласында министрлер комитетин шақырыўға таярлық көриў мақсетинде Өзбекстан – Египет экономикалық, илимий ҳәм техникалық бирге ислесиў бойынша биргеликтеги комитетиниң жетинши мәжилиси шеңбериндеги экспертлер мәжилиси басланғанын жазды. Атап өтилиўинше, 15 жылдан кейин биринши мәрте өткерилип атырған бул илаж мәмлекетимиз инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Египеттиң режелестириў, экономикалық раўажланыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў министри Рания Машат басшылығында өткериледи.

Әнжуман бағдарламасына еки мәмлекет ири исбилерменлери қатнасыўындағы бизнес-форум да киргизилген.

Ҳәпте даўамында болып өтетуғын илажларда қатнасыў ушын елимизге усы мәмлекеттиң 30 дан аслам ири компаниясының басшылары жетип келген.

– Бул сессия еки мәмлекет басшылығының өз-ара қатнасықларды беккемлеўге умтылысын билдиреди,-деп жазған басылым. – Әсиресе, Президент Абдулфаттоҳ Ас-сиси 2018-жылы сентябрьде Өзбекстанға келгеннен кейин Египеттиң Орайлық Азия регионына қызығыўшылығы артты.

Сондай-ақ, мақалада мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Президент Абдулфаттоҳ Ас-сисидиң мирәт етиўине бола, 2023-жыл 20-21-февраль күнлери Египетке келгени, мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекети себепли соңғы жыллары көп тәреплемели бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилген.

Биргеликтеги комиссия мәжилисиниң соңында министрлик, уйымлар арасында шәртнамалар, компаниялардың қатнасыўында инвестиция ҳәм экспорт келисимлерине қол қойылыўы күтилмекте.

М.Пирматова, ӨзА