Ҳүкимет қарары менен «2025-2027-жыллары мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў стратегиясы» тастыйықланды.
Оған бола, Стратегия төмендегилерди нәзерде тутады:
– турақлы мәмлекетлик сатып алыўларды системалы раўажландырыў, соның ишинде, «жасыл» мәмлекетлик сатып алыўларды кеңейтиў;
– мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында санлы технологиялардан пайдаланыўды кеңейтиў;
– мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўшылардың шәртнама мәжбүриятларына әмел етиўин мониторинг таллаў ҳәм қадағалаўдың санлы технологияларға тийкарланған комплексли бағдарламасын енгизиў;
– мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында қәўипти басқарыў, мәплер соқлығысыўы жағдайлары, коррупция ҳәм нызамшылыққа қарсы жағдайларды анықлаў ҳәм олардың алдын алыў илажларын көриў;
– мәмлекетлик сатып алыўларда исбилерменлердиң қатнасын кеңейтиў;
– мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, оқыў-методикалық, илимий ҳәм мәлимлеме-аналитикалық базаны жетилистириў.
Сондай-ақ, 2025-2027-жыллары мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланды.
ӨзА