“Oxford Insights” шөлкеми жәриялаған «Ҳүкиметтиң жасалма интекллектке таярлық индекси» рейтингинде Өзбекстан 53,45 балл менен 70-орынды ийелеп, 17 текшеге көтерилди. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында 1-орынды қолға киргизиди.
Бул рейтинг ҳүкиметтиң жасалма интеллект технологияларын енгизиўге таярлығын баҳалайды ҳәм 40 индикатор тийкарында дүзиледи.
Мәмлекеттиң бул табыслары ҳүкимет тәрепинен тастыйықланған «Жасалма интелллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы» ҳәм бул тараўдағы исбе-из реформалардың нәтийжеси екени атап өтилди.
Рейтингте Өзбекстан Қубла ҳәм Орайлық Азия регионында Ҳиндстан ҳәм Түркиядан кейинги 3-орынды ийеледи.
Г.Бобоева, ӨзА